УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫСЫНАН ХАБАР АЛЫНДЫ

Район ҳәкимлиги, Арқа батыс әскерий округи Нураныйлар Кеңеси, районлық қорғаныў илери бөлими ҳәм бир қатар қәўендер шөлкемлер менен биргеликте, Екинши жәҳән урыс қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовтың  ҳалынан хабар алынып, екинши жер жүзлик урыстың 76 жыллығы менен қутлықлады ҳәм байрам саўғаларын тапсырды. Сондай-ақ жаўынгер атамызға Арқа батыс әскерий округи оркестри ҳәм мектеп оқыўшыларының Ўатанды, туўылған жерди жырлаўшы қосықлары атқарылды.

Генжемурат ата  1943-жыл март айында урысқа атланып Украина, Болгария, Руминия, Молдавия, Австрия, Чехословакия мәмлекетлери жерлерин душпаннан азат етиўге қатнасқан. Генжемурат ата ҳәзирде 30 ақлық, 32 шаўлық ҳәм 1 қуўлықтың меҳрийбан атасы болып шаңарағының саўлаты болып ақлықларына ақыл нәсиятын берип отыр.