Ғәлле туқымгершилиги бирлеспеси 2022-жыл туқымлық ғәлле жетистириў ушын фермер хожалықлары арасында тендер тийкарында таңлаў өткерилетуғынлығын мәлимлейди:
Таңлаўға қатнасыў ушын жер балл бонитети жоқары зүрәәт жетистириў имканиятына ийе болған фермер хожалықлары таңлап алынады.
Таңлаўға қатнасыў ушын талабанлардан төмендеги ҳүжжетлер қабылланады:
- Жер балл бонитети ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы;
- Суў менен тәмийинлеўи контурлар мағлыўматы;
- Фермер хожалығында ислеўшилердиң қәнийгелиги ҳәм ис стажы;
- Фермер хожалығы устав қорына төлеген пулының муғдары;
- Фермер хожалықларының техникалары бойынша;
- Фермер хожалықларының кейинги 3 жылда ғәлле жетистириў шәртнамасын орынлағанлығы хаққында районлық статистика бөлиминиң мағлыўматы;
- Фермер хожалығы майданында соңғы үш жыл даўамында 2019-2020-2021-жылларда кеселликлер, зыянкеслерге хәм жабайы шөплер күшли тарқалыўы күзетилди-күзетилмеди.
Таңлаўға қатнасыў ушын қосымша мағлыўматларды Ғәлле туқымгершилиги бирлеспесинен алыўыңызға болады.
Мәнзили: Қараѳзек районы Аўыл хожалығы бөлими
Қарақалпақстан көшеси номерсиз жай.