Ҳүрметли районымыз турғынлары!
Усы жылдың 21-август күни улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги барлық орынларда болып өтеди.
Ҳүкиметтиң тийисли бийлигине муўапық, Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30-жыллығына таярлық көриў, “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық” сүрени астында абаданластырыў ислерин алып барыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, елимиз бойлап коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў, және халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2021-жылдың август айы «Мәҳәллелерди абаданластырыў» айлығы етип белгиленди.
Сол себепли, 21-август күни улыўмахалықлық абаданластырыў қайырқомлық шембилиги өткерилетуғынын хабарлаймыз ҳәм бул шембиликке районымыз пуқараларын белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!