Ҳүрметли Қараөзек район халқы!
2021-жыл 27-август күни саат 19:30 да Қараөзек районында Исбилерменлер ҳәрекети –Өзбекстан Либерал демократиялық партиясыныӊ «Жаӊа Өзбекстанды бирге қурамыз»! сүрени астында үлкен руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажи ҳәм ГАЛА КОНЦЕРТ болып өтеди.
Өзбекстан Либерал демократиялық партиясыныӊ үгит-нәсият илажында Ғәрезсизлигимиздиӊ 30 жыллығы алдынан елимиздиӊ ардақлы қосықшылары Карақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен артистлер, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими эстрада қосықшылары районымызда мийманда болады ҳәмде районлық Мәденият бөлиминиң эстрада қосықшылары қатнасыўындағы әжайып ГАЛА КОНЦЕРТке Сиз әзизлерди мирәт етемиз!
Мәнзил: Қараөзек районы Ғәрезсизлик майданшасы