ДАҒАЗА

Ҳүрметли районымыз жаслары
Сизлерди 2021/2022 окыў жылында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техника қәнигеликлерине таярлаўға шақырады.
Қараөзек районы аймағында жасаўшы 1999-2004 жыллар аралығында туўылған жасларымызды 2021-жыл 27-сентябрь күнинен 2021-жыл 10-октябрь күнине шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер қатарында интеллектуал қәбилетли, руўхый-тәрбиялық жақтан жетик, физикалық жақтан күшли, әскерий хызметке жарамлы болған шақырылыўшылар менен толықтырыў мақсетинде районлық Қорғаныў ислери бөлиминде усы жылдың сентябрь-октябрь айларында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы шақырылыўшыларды төмендеги аскерий-техника қәнигеликлерине таярлаўға шақырыў ушын саралаў жумыслары алып барылады:

– «BC» категориялы айдаўшы
– Дизелши-электрик
– Аспазлық.

Саралаў жумыслары дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техника қәнигеликлерине таярлаўға бағдарлаў ушын шақырыў жасындағы пуқаралар, медициналық көриктен, физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў, жеке тәртипте сәўбетлесиў сынақларынан өтиўи шәрт.
Физикалық жақтан күшли болған шақырылыўшылар, ден-саўлығы бойынша жарамлы деп таўылған шақырыў жасындағы пуқаралар биринши нәўбетте Өзбекстан Республикаси Қураллы Күшлери қатарына шақырылады.

Мағлыўмат ушын телефонлар:
+99 861 465 51 59
+99 894 146 45 66

ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫ ҚОРҒАНЫЎ ИСЛЕРИ БӨЛИМИ