Район жаслары дыққатына!!!

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў мақсетинде ертең 7-февраль күни саат 10:00 нан баслап Қараөзек районы “Қутлы мәкан” ҳәм “Есим” МПЖ аймақларында
“Жас бақсылар”, Заковат”,”Саламат турмыс тәризи ушын 5000 қәдем”, “Ҳәким кубоги ушын спорттың Киши футбол”, “Прокурор кубоги ушын “Волейбол”, IT илажлар (кибер спорт жарыслары), “Жетискенликке ерисиў сырлары” бойынша илажлар шөлкемлестириледи.
Жеңимпазлар номинациялар бойынша шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар,медаллар менен сыйлықланады.
Жарыстың жуўмақлаўшы басқышы гала концерт пенен даўам етеди.