Ҳәммемизге белгили үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен пуқараларымыз тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылады.
Бул абаданластырыў жумыслары ўақтында қуўрап қалған от-шөплер ҳәм тасланды шығындыларды өртеп қараўсыз қалдырыў ақыбетинде бизди қоршап турған тәбиий орталыққа зыян жеткерип, соның менен бир қатарда от-шөплер ҳәм тасланды шығындыларды өртеп қараўсыз қалдырылыўы ақыбетинде үлкен өртке айланып, пуқараларымызға көп муғдарда материаллық зыян келтирмекте.
Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм кәрхана басшылары!
Егер қуўрап қалған от-шөплер ҳәмде тасланды шығындыларды өртеп бизди қоршап турған тәбиий орталыққа зыян жеткизиўине алып келсе, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 88-статьясы 3-бөлими менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, пуқараларға ең кем ис-ҳақының 3 есесинен 5 есесине шекем, ал лаўазымлы шахсларға ең кем ис-ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.
Егер буның ақыбетинде өрт келип шықса Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 211-статьясы 3-бөлими менен пуқараларға ең кем ис-ҳақының 3 есесинен 5 есесине шекем, ал лаўазымлы шахсларға ең кем ис-ҳақының 7 есесинен 10 есесине шекем жәрийма қолланылады.
Соныда атап өтиўимиз керек, егер өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилмеўи ақыбетинде өрт келип шықса ҳәм бул өрт нәтийжесинде өзиңизге ҳәм басқаларға тийисли мал-мүлкке зыян жеткен болсада – бул жағдай жуўапкершиликтен азат етилмейди!!!
Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм кәрхана басшылары!
Абаданластырыў жумыслары ўактында жыйналған қуўрақ от-шөплерди ҳәмде тасланды шығындыларды жағып жибермеўиңизди соранамыз.
Районымызда «Тоза ҳудуд» МУК районлық филиалы менен шығындыларды алып кетиў бойынша еки тәреплеме шәртнама дүзилсе, өз ўақтында белгиленген график тийкарында шығындыларды алып кетиў жолға қойылған.
Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими