Daǵazalar

Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуӯатлаӯ “Нураный” қорының Қараөзек районы бөлиминиң сапластырылыӯына байланыслы, бир ай мүддет ишинде усы бөлимнен аласы ҳәм береси қарызлары болған мәкеме ҳәм шөлкемлердиң бөлимге хабарласыӯын сораймыз. Мағлыўмат ушын телефонлар: 61-465 -45 -76, 97 -204- 10- 53

Ҳүрметли район турғынлары ҳәм жаслар! Сиз кәсип-өнер ийелеўди қәлейсизбе! Онда Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған еки айдан алты айға шекемги оқыўға барыўға мирәт етемиз. Оқыў ушын жаратылған шараятлар, жатақ жер менен тәмийинленген, 3 мезгил ыссы аӯқат ҳәм степендиясы бар. Мағлыӯмат ушын телефонлар: 61-465-55-48, 97-561-67-91. Қараөзек районы халық бәнтлигине көмеклесиў орайы

Усы жылдың 15-май сәнесинен баслап Қараөзек районы орайындағы IT-центр ораймыз өз жумысын баслады. Бизде информацион технологиялар тараўы бойынша қолайлы баҳаларда курслар ашылмақта. Оқыўды қәлеўшилерди орайымызға шақырамыз. Буннан тысқары “Жаслар дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәмде “Темир дәптерге” киритилген пуқаралар өзи қәлеген курсты қәлеген мүддетте бийпул оқыса болады. Оқыўды табыслы тамамлаған оқыўшыларға “Информациялық технологияларды раўажландырыў министрлиги” ҳәм “IТ-Парк дирекцияси” СЕРТИФИКАТЛАРЫ бериледи. Курслар:  Компьютер…

Қараөзек агроэкономика техникумы имаратында, 2022-жылдыӊ 21-май күни саат 10:00 де районлық ишки ислер бөлими ҳәм халық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте жумыссыз пуқарарлар ушын шөлкемлестирилген «Мийнет ярмаркасы» болып өтетуғынлығын хабарлаймыз. Мийнет ярмаркаға райондағы мәкеме, кәрханалар өзлеринде бар болған бос жумыс орынлары менен қатнасады.

Усы жылдың 19-20-май күни райондағы МПЖ да пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтеди. Сайлаў болып өтетуғын орынлар. 1.”Есим” МПЖ да саат 10:00 де, 26-санлы мектеп имараты. 2.”Қараөзек” ППЖ саат 10:00 де, Қараөзек агроэкономика техникумы имараты. 3.”Ата макан” МПЖ саат 15:00 де 31-санлы мектеп имараты. 4.”Қутлы макан” МПЖ саат15:00 де, Балалар өспиримлер спорт мектеби имараты. 5. “Ғәрезсизлик гузары” МПЖ 20-Май…

Усы жылдың 16-май күни райондағы төрт АПЖ да пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтеди. Сайлаў болып өтетуғын орынлар. 1.”Қойбақ” АПЖ да саат 10:00 де 3-санлы мектеп имараты. 2.”Қараөзек” АПЖ да саат 10:00 де, Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында. 3.”А. Досназаров” АПЖ да саат 15:00 де 4-санлы мектеп имараты. 4.”Есим өзек” АПЖ да саат15:00 де 11-санлы мектеп имаратында болып…

2022-жыл 28-апрель күни саат 09:30 де район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз. Сессияға сектор басшылары, район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, тийисли мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ӯәкиллери қатнасады. Ҳүрметли пуқаралар! Сессияны Қараөзек районы ҳәкимлигиниӊ рәсмий социаллық тармақлары арқалы онлайын бақлап барыўыңыз мүмкин. 👉https://www.facebook.com/groups/3561608923903176/?ref=share

Ҳурметли районымыз турғынлары ҳәм мәкеме, шѳлкем басшылары! Қараѳзек районы Мәлимлеме-китапхана орайы тарепинен 2022-жылдың 22-апрель күни саат 10:00 де районлық ХББ не қараслы 1-санлы билим бериў мектеби имаратында «КИТАПХАНАҒА КИТАП САЎҒА ЕТЕМЕН» акциясы болып ѳтетуғынлығын мәлим етип билдиремиз. Бәрше район халқын болып өтетуғын акцияға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!!! Шөлкемлестириўши: Қараѳзек районы Мәлимлеме-китапхана орайы.

Қараөзек районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы имараты жанында 2022-жылдыӊ 19-апрель күни саат 10:00 да районлық Прокуратура, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте алимент төлемлеринен қарыздарлықлары бар жумыссыз пуқарарлар ушын шөлкемлестирилген мийнет ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз. Мийнет ярмаркаға райондағы мәкеме, кәрханалар өзлеринде бар болған бос жумыс орынлары менен қатнасады.

Ҳәммемизге белгили үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен пуқараларымыз тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылады. Бул абаданластырыў жумыслары ўақтында қуўрап қалған от-шөплер ҳәм тасланды шығындыларды өртеп қараўсыз қалдырыў ақыбетинде бизди қоршап турған тәбиий орталыққа зыян жеткерип, соның менен бир қатарда от-шөплер ҳәм тасланды шығындыларды өртеп қараўсыз қалдырылыўы ақыбетинде үлкен өртке айланып, пуқараларымызға көп муғдарда материаллық зыян келтирмекте. Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм…