Daǵazalar

Усы жылдың 28-август күни саат 10-00 де Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен Қараөзек районы орайындағы “Ғәрезсизлик майданы”нда “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!” сүрени астында байрам концерт бағдарламасы болып өтеди. Ал саат 17-00 де “Есим” мәкан пуқаралар жыйынындағы ат шабар майданында ат спорты илажлары болып өтетуғынлығын хабарлаймыз. Байрам тамашаларына барлық район халқын мирәт етип қаламыз.
Ҳүрметли Қараөзек район халқы! 2021-жыл 27-август күни саат 19:30 да Қараөзек районында Исбилерменлер ҳәрекети –Өзбекстан Либерал демократиялық партиясыныӊ «Жаӊа Өзбекстанды бирге қурамыз»! сүрени астында үлкен руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажи ҳәм ГАЛА КОНЦЕРТ болып өтеди. Өзбекстан Либерал демократиялық партиясыныӊ үгит-нәсият илажында Ғәрезсизлигимиздиӊ 30 жыллығы алдынан елимиздиӊ ардақлы қосықшылары Карақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен артистлер, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими эстрада қосықшылары районымызда…
Ҳүрметли районымыз турғынлары! Халқымыз арасында ушырасып атырған машқалалы мәселелерди анықлаў ҳәм оның шешилиўинде әмелий жәрдемлер көрсетиў мақсетинде, 2021-жылдың 26-август күни саат 11:00 де, Қараөзек районы халық билимлендириў бөлими мәжлислер залында көшпели қабыллаў болып өтетуғынлығын хабарлаймыз. Көшпели қабыллаў, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы А.Тилеўмуратов ҳәм бир қатар тийисли қәнигелердиң қатнасыўында өткериледи.
Ҳүрметли районымыз турғынлары! Қараөзек районы орайын табиий газ бенен тамийинлеўши орта басымлы газ тармақларында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2021-жылдың 20-август күни саат 15-00 ден 18-00 аралығында Қараөзек районы орайындағы барлық түрдеги тутыныўшыларға табиий газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Ҳүрметли районымыз турғынлары! Усы жылдың 21-август күни улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги барлық орынларда болып өтеди. Ҳүкиметтиң тийисли бийлигине муўапық, Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30-жыллығына таярлық көриў, “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық” сүрени астында абаданластырыў ислерин алып барыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, елимиз бойлап коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў, және халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2021-жылдың август айы «Мәҳәллелерди абаданластырыў» айлығы…
Ғәлле туқымгершилиги бирлеспеси 2022-жыл туқымлық ғәлле жетистириў ушын фермер хожалықлары арасында тендер тийкарында таңлаў өткерилетуғынлығын мәлимлейди: Таңлаўға қатнасыў ушын жер балл бонитети жоқары зүрәәт жетистириў имканиятына ийе болған фермер хожалықлары таңлап алынады. Таңлаўға қатнасыў ушын талабанлардан төмендеги ҳүжжетлер қабылланады: Жер балл бонитети ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы; Суў менен тәмийинлеўи контурлар мағлыўматы; Фермер хожалығында ислеўшилердиң қәнийгелиги ҳәм ис стажы; Фермер хожалығы…
Қараөзек районында “Исбилерменлер жасларға ғамхор” атамасында Бос жумыс орынлары ушын Мийнет ярмаркасы болып өтти. Ярмаркаға Қараөзек, Тахтакөпир районларынан жәми 30 дан аслам мәкеме, кәрханалар 126 бос жумыс орынлары менен қатнасты. Ярмарка даўамында жасларымыз өз қәнийгеликлери бойынша бос жумыс орынларына жумысларға жайғастырылды.