Jańalıqlar

Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҳәм Қараөзек районлық Кеңеси депутаты Г.Досбергеновалар  “Мәденият” АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен  ушырасты. Ушырасыўда  пуқаралардың мүрәжаатлары тыңланып, олар тәрепинен ишимлик суўы, жолларды оңлаў, электр энергиясы  бойынша мүрәжаатлар билдирилди. Депутат бул мәселелердиң унамлы шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде тийисли уйымларға депутатлық сораўнамаларын жиберип, әмелий жәрдем беретуғынлығын билдирип өтти.

Қараөзек районлық ХББ-не қараслы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Химия»  «Биология» «Физика» пәнлеринен январь айында өткерилетуғын пән айлық мүнәсебети менен ашық сабақлар шөлкемлестирилиў режелестирилген. Бүгин мектептиң физика пәни муғаллими Г.Аўезова,  химия пәни муғаллими Г.Абдамбетова, биология пәни муғаллими К. Абдирасулиевалар тәрепинен ашық сабақлар шөлкемлестирилди. Ашық сабақта тәжирийбели муғаллимлер ҳәр бир теманы интерактив усылда өтип, видеоролик ҳәм слайдлардан пайдаланды. Ашық сабақ…

Райондағы мәкеме, кәрхана шөлкемлерде ислеўши хызметкерлер арасында 26-санлы мектептиң спорт майданшасында спорттың жеңил атлетика түрлеринен (армлистинг,  граната ылақтырыў, ҳаўа мылтығынан оқ атыў, 100 метрге жуўырыў, турникке тартыныў) түрлеринен  спорт жарысы болып өтти. Жарыста сортшылар өз-ара кескин беллесип, бул спорт түрлерине болған қызығыўшы лықларын сынақтан өткерди.  Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет спорттың бул түрлерин кеңнен ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин беккемлеў ҳәм…

Райондағы «Бердақ» АПЖ да жайласқан «Элеста» фермер хожалығында 2021-жылдың аўыл хожалығы жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри А.Якупов, район ҳәкиминиң аўыл хожалығы бойынша орынбасары С.Досбергенов ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты. Семинарда тийисли тараў басшылары шығып сөйлеп, егислик майданларды суўғарыўда суў тежеўши технологиялардан утымлы пайдаланыў ҳәм тамшылатып суўғарыў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берип өтти. Семинар фермерлердиң…

Бүгинги күнде Қараөзек районындағы фермер  хожалықлары 2021 жылдың бийдай өними ушын атыз басларына жергиликли төгин шығарыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында жүргизип атыр. Райондағы 244 фермер хожалығы өткен жылы 4000 гектар майданға гүзлик бийдай егип, егилген бийдай атызларының ҳәр бир гектарына 5 (бес) тоннадан жергиликли төгин шығарып тәрбия ислерин басландырып жиберди. Районда жәми болып  20 000 (жигирма мың) тонна жергиликли төгин шығарыў  белгиленген болса,…

Бүгин райондағы 3-сектор аймағындағы «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ ҳәм 4-сектор аймағындағы «Қутлы мәкан» МПЖ да Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүражаатнамасын халықка кең түсиндириў үгит-нәсиятлаў иләжлары өткерилип, оларға усы аймақлардағы жасаўшы турғынлар қатнасты. Илаж даўамында исши топар ағзалары тәрепинен “Мүрәжаатнамада мәмлекет ҳәм жәмийет қурылыўы системасын беккемлеўдеги жаңа ўазыйпалар”, “Суд-ҳуқық системасын реформалаў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеўдиң әҳмийетли жөнелислери”, “Экономика базар механизмлерин…

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Мүражаатнамасын  халықка кең түсиндириў мақсетинде 1-сектордағы “Есим” МПЖ аймағындағы 26-санлы УОББ мектебинде ҳам 2-сектордағы “Қуралпа” АПЖ аймағындағы 21-санлы УОББ мектебинде  “Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүньяқарас”  идеясы шеңберинде “2021-жыл: Жаңа жеңислер, батыл қәдемлер” атамасында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти. Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары, районлық сектор басшылары, район ҳәкимлиги қәнигелери,…

2021-жыл 13-январь күни Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық қеңес депутатлары, ҳуқық-қорғаў уйымлары,  жәмийетлик шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мажилиске жоллаған мүрәжаатнамасында мәмлекетимизди раўажландырыў стратегиялық жөнелислер ҳәм де әҳмийетли ўазыйпаларының аймақтағы орынланыўы ҳаққындағы мәселелери көрип шығылды….

Район орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында  14-январь Өзбекстан Республикасы «Ўатан қорғаўшылар күни»ниң 29 жыллық байрам мүнәсебети менен иләж шөлкемлестирилди. Оған райондағы төрт сектор басшылары, районлық Қорғаныў бөлими ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары менен мәкеме басшылары қатнасты. Онда район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде миллий армиямызға жаратылған мүмкиншиликлер ондағы хызмет етип атырған әскерлерге берилип атырған итибар ҳәм өзгерислер, жасларымызға жаратылып атырған…

Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы  ҳәм халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси  депутаты Н.Тлеўмуратовлар “Ғарезсизлик Гүзары” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралары менен ушырасты. Ушырасыўда депутат 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша өз сайлаўшыларына есабат берди. Буннан соң пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, олар тәрепинен үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў мәселеси, жолларды тегислеў ҳәм түнги жақтыландырыўлар бойынша мүрәжаатлар билдирилди. Олардың унамлы шешилиўин тәмийинлеў бойынша…