Jańalıqlar

Райондағы «Бердақ» АПЖ да жайласқан «Элеста» фермер хожалығында 2021-жылдың аўыл хожалығы жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри А.Якупов, район ҳәкиминиң аўыл хожалығы бойынша орынбасары С.Досбергенов ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты. Семинарда тийисли тараў басшылары шығып сөйлеп, егислик майданларды суўғарыўда суў тежеўши технологиялардан утымлы пайдаланыў ҳәм тамшылатып суўғарыў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берип өтти. Семинар фермерлердиң…

Бүгинги күнде Қараөзек районындағы фермер  хожалықлары 2021 жылдың бийдай өними ушын атыз басларына жергиликли төгин шығарыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында жүргизип атыр. Райондағы 244 фермер хожалығы өткен жылы 4000 гектар майданға гүзлик бийдай егип, егилген бийдай атызларының ҳәр бир гектарына 5 (бес) тоннадан жергиликли төгин шығарып тәрбия ислерин басландырып жиберди. Районда жәми болып  20 000 (жигирма мың) тонна жергиликли төгин шығарыў  белгиленген болса,…

Бүгин райондағы 3-сектор аймағындағы «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ ҳәм 4-сектор аймағындағы «Қутлы мәкан» МПЖ да Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүражаатнамасын халықка кең түсиндириў үгит-нәсиятлаў иләжлары өткерилип, оларға усы аймақлардағы жасаўшы турғынлар қатнасты. Илаж даўамында исши топар ағзалары тәрепинен “Мүрәжаатнамада мәмлекет ҳәм жәмийет қурылыўы системасын беккемлеўдеги жаңа ўазыйпалар”, “Суд-ҳуқық системасын реформалаў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеўдиң әҳмийетли жөнелислери”, “Экономика базар механизмлерин…

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Мүражаатнамасын  халықка кең түсиндириў мақсетинде 1-сектордағы “Есим” МПЖ аймағындағы 26-санлы УОББ мектебинде ҳам 2-сектордағы “Қуралпа” АПЖ аймағындағы 21-санлы УОББ мектебинде  “Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүньяқарас”  идеясы шеңберинде “2021-жыл: Жаңа жеңислер, батыл қәдемлер” атамасында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти. Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары, районлық сектор басшылары, район ҳәкимлиги қәнигелери,…

2021-жыл 13-январь күни Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық қеңес депутатлары, ҳуқық-қорғаў уйымлары,  жәмийетлик шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мажилиске жоллаған мүрәжаатнамасында мәмлекетимизди раўажландырыў стратегиялық жөнелислер ҳәм де әҳмийетли ўазыйпаларының аймақтағы орынланыўы ҳаққындағы мәселелери көрип шығылды….

Район орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында  14-январь Өзбекстан Республикасы «Ўатан қорғаўшылар күни»ниң 29 жыллық байрам мүнәсебети менен иләж шөлкемлестирилди. Оған райондағы төрт сектор басшылары, районлық Қорғаныў бөлими ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары менен мәкеме басшылары қатнасты. Онда район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде миллий армиямызға жаратылған мүмкиншиликлер ондағы хызмет етип атырған әскерлерге берилип атырған итибар ҳәм өзгерислер, жасларымызға жаратылып атырған…

Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы  ҳәм халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси  депутаты Н.Тлеўмуратовлар “Ғарезсизлик Гүзары” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралары менен ушырасты. Ушырасыўда депутат 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша өз сайлаўшыларына есабат берди. Буннан соң пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, олар тәрепинен үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў мәселеси, жолларды тегислеў ҳәм түнги жақтыландырыўлар бойынша мүрәжаатлар билдирилди. Олардың унамлы шешилиўин тәмийинлеў бойынша…

Бүгин  райондағы Балалар өспиримлер спорт мектебинде 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибетине арналып спорттың «Волейбол» түринен спорт жарысы болып өтти. Жарысқа райондағы аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынларынан он бир команда қатнасты. Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет районда бул спорт түрин кеңнен ен жайдырыў ҳәм спортшылардың шеберлигин арттырыўдан ибарат. Өткерилген спорт жарысында ҳәр бир команда күшли таярлықлар менен келип жақсы ойынлар көрсетти. Жарыс…

Усы жылдың 11-январь күни районлық ХББ не қараслы 2-санлы қәнийгелестирилген улыўма билим бериў мектебинде Исбилерменлер Ҳәрекети- Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы (O’zLiDeP) Қараөзек районлық Кеңеси баслығы М.Абдиганиев, районлық Кеңес депутаты Н.Тлеўмуратов, Олий Мажилис Нызамшылық палатасы жанындағы жаслар парламенти ағзасы Г.Сагатдинова ҳәм бир қатар оқыўшы жаслар қатнасында “Депутат ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Муражаатнамасында…

Қараөзек районы ҳəкимиятының мəжилислер залында ҳуқық қорғаў уйымларының муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси болып өтти. Оған райондағы төрт сектор басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен мәкеме, кәрхана, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте район прокурорының орынбасары С.Исмайлов өткен жыл даўамында районда нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша орынланған жумыслар ҳәмде алдағы исленетуғын ўазыйпалар бойынша баянат жасады. Баянатта…