ЖАС КОМПОЗИТОР ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ ТАҢЛАЎЛАР ЖЕҢИМПАЗЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ.

Ҳүрметли журт басшымыз Олий Мəжлиске мүрəжатында 2021-жылды «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳəм халық саламатлығын беккемлеў» жылы деп жəриялап, жасларды қоллап-қуўатлаўын ҳәм бул имканиятлардан туўры пайдалансақ, елимизди дүньяға танытып, өз үстимизде изленип, мийнетлеримизди көрсете алсақ, бул исенимди ақлаймыз деген еди өз сөзинде. Мине усындай жасларымыздың бири, бир нешше Халық аралық таңлаўлар жеңимпазы жерлесимиз А.Өтегенов пенен район жасларының ушырасыўы болып өтти. Оған район ҳәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Ж. Узақбаевлар қатнасты. Ушырасыўда А.Өтегенов өз дөретиўшилиги ҳәм көркем-өнер бағдарындағы алып барып атырған жумыслары бойынша жаслар менен кеңнен пикир алысты. Буннан соң жаслар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўапларын алды. Ушырасыў соңында А.Өтегеновқа район ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлар менен естелик саўғалары тапсырылды. Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек: Өтегенов Аяпберген Алламбергенович Қараөзек районында туўылған. 1998-2004 жыллар аралығында Ж.Жыраў атындағы 16-санлы Балалар музыка ҳəм көркем-өнер мектебинде Қ.Өтегенов, М.Абдуллаевалардан фортепиано класы бойынша тəлим алып, 2004-2007 жыллары Ж.Шамуратов атындағы Нөкис мəденият ҳəм көркем-өнер колледжинде оқып, 2007-жылда Өзбекстан Мəмлекетлик Консерваториясына оқыўға киреди. Ол 2012-жылы Бакалавр, 2015-жылы Магистр басқышын тамамлаған. 2013-жылда Италияның Филодельфия қаласында өткерилген Пауло Серрао атындағы Халық аралық пиониношылар таңлаўында I-дəрежели, 2019-жылда Испанияның Барселона қаласында өткерилген «FIESTALONIA MILENAO» Фестивал-таңлаўында I-дəрежели диплом менен сыйлықланған. А.Өтегенов дөретиўшилиги даўамында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти М.Раззақова, Өзбекстан халық артистлери А.Раджабов, Р.Усмонов, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен халық артистлери К.Сержанов ҳәм Ж.Пиязов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер К.Шерматов, К.Мирзаев, Д.Исломов, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен артист Р.Алланбаевлар менен дөретиўшилик жумысларын биргеликте алып бармақта. Ҳәзирги күнде А. Өтегенов Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм Мәденият  Институтында 2012-жылдан баслап жумыс ислеп келмекте.