Райондағы “Қалим Бекполат” фермер хожалығы тəрепинен жаңадан қурып питкерилген гидропоника усылындағы ыссыхана өткен жылдың сентябрь айында жумыс баслап, он пуқараның бәнтлигин тәмийинледи. Гидропониканың улыўма жер майданы бир гектарды қурап, 595,0 мың АҚШ долларлық кредит қаржылары есабынан қурылып жумыс баслады. Бүгинги күнде ыссықанаға 20 мың түп помидор нәли егилип тәрбияланбақта. Ыссыхананың жумыслары менен танысыў ушын Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Исбилерменликке көмеклесиў орайы, Қараөзек районы бөлими баслығы А.Сырымбетов жумыс орнындағы исшилер менен ушырасып сәўбетлесиў алып барды. Сәўбетлесиў даўамында тәрбиялап атырған өнимлерден жоқары дәрамат алып, шет ел мәмлекетлерине экспортқа шығарыў бойынша мәсләҳәтлер берип өтти.