Бүгин районлық ХББ не қараслы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп оқыўшыларының әскерий спорт жарысы болып өтти. Жарыс Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң дүзилгенлигиниң 29 жыллығы ҳәм 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибетине арналды. Спорт жарысында мектеп оқыўшыларының әскерий шақырыққа таярлығы ҳәм билимлери сынақтан өткерилди. Жарысқа Қараөзек районлық халық билимлендириў бөлими ҳәм Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми, Қараөзек районы оқыў спорт техника клубы басшылары қатнасты. Спорт жарысы жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.