МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Қараөзек районы ҳəкимиятының мəжилислер залында ҳуқық қорғаў уйымларының муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси болып өтти. Оған райондағы төрт сектор басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен мәкеме, кәрхана, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте район прокурорының орынбасары С.Исмайлов өткен жыл даўамында районда нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша орынланған жумыслар ҳәмде алдағы исленетуғын ўазыйпалар бойынша баянат жасады. Баянатта бир қатар тараўлардағы жиберилген қәте кемшиликлер айтып өтилип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Буннан соң мәкеме басшылары шығып сөйлеп, жиберилген қәте кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығаратуғынлығын билдирип өтти. Мәжилис соңында район ҳәкими баянатта атап өтилген кемшиликлер ҳәм алдағы исленетуғын ўазыйпаларды белгилеп берди. Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының аға жәрдемшиси М. Нуратдинов қатнасты.