Усы жылдың 11-январь күни районлық ХББ не қараслы 2-санлы қәнийгелестирилген улыўма билим бериў мектебинде Исбилерменлер Ҳәрекети- Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы (O’zLiDeP) Қараөзек районлық Кеңеси баслығы М.Абдиганиев, районлық Кеңес депутаты Н.Тлеўмуратов, Олий Мажилис Нызамшылық палатасы жанындағы жаслар парламенти ағзасы Г.Сагатдинова ҳәм бир қатар оқыўшы жаслар қатнасында “Депутат ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Муражаатнамасында жасларға үлкен итибары, яғный “Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады” деген идеясы тийкарында кең көлемли жумысларды әмелге асырыў ҳәм 2021-жылдың мәмлекетимизде “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы” деп белгилениўи жасларымыз алдында турған баслы ўазыйпалардың екенлигине тоқтап өтти. Соның менен бирге жасларымызға жаратылып атырған кең көлемли жеңилликлер бойынша да мағлыўматлар берилди. Илаж соңында оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.