«ЕСИМ ӨЗЕК» АПЖ НЫҢ СПОРТШЫЛАРЫ РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ЖАРЫСҚА ҚАТНАСЫЎҒА ЖОЛЛАМА АЛДЫ.

Бүгин  райондағы Балалар өспиримлер спорт мектебинде 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибетине арналып спорттың «Волейбол» түринен спорт жарысы болып өтти. Жарысқа райондағы аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынларынан он бир команда қатнасты. Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет районда бул спорт түрин кеңнен ен жайдырыў ҳәм спортшылардың шеберлигин арттырыўдан ибарат. Өткерилген спорт жарысында ҳәр бир команда күшли таярлықлар менен келип жақсы ойынлар көрсетти. Жарыс жуўмағында I- орынды «Есим өзек» командасы, II-орынды «А.Досназаров» ҳәм III-орынды «Ғәрезсизлик гузары» командалары жеңип алып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Солай етип «Есим өзек» АПЖ ның спортшылары Республикалық жарысқа қатнасыўға жоллама алды.