ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы  ҳәм халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси  депутаты Н.Тлеўмуратовлар “Ғарезсизлик Гүзары” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралары менен ушырасты. Ушырасыўда депутат 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша өз сайлаўшыларына есабат берди. Буннан соң пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, олар тәрепинен үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў мәселеси, жолларды тегислеў ҳәм түнги жақтыландырыўлар бойынша мүрәжаатлар билдирилди. Олардың унамлы шешилиўин тәмийинлеў бойынша тийисли уйымлар менен биргеликте шешип беретуғынлығына исеним билдирди.