Район орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында 14-январь Өзбекстан Республикасы «Ўатан қорғаўшылар күни»ниң 29 жыллық байрам мүнәсебети менен иләж шөлкемлестирилди. Оған райондағы төрт сектор басшылары, районлық Қорғаныў бөлими ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары менен мәкеме басшылары қатнасты. Онда район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде миллий армиямызға жаратылған мүмкиншиликлер ондағы хызмет етип атырған әскерлерге берилип атырған итибар ҳәм өзгерислер, жасларымызға жаратылып атырған имканиятлар менен жеңилликлерге тоқтап өтти. Иләж соңында районлық Қорғаныў бөлими хызметкерлериниң бир топары район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары, естелик саўғалары менен сыйлықланды.