ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ.
2021-жыл 13-январь күни Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық қеңес депутатлары, ҳуқық-қорғаў уйымлары, жәмийетлик шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мажилиске жоллаған мүрәжаатнамасында мәмлекетимизди раўажландырыў стратегиялық жөнелислер ҳәм де әҳмийетли ўазыйпаларының аймақтағы орынланыўы ҳаққындағы мәселелери көрип шығылды. Күн тәртибиндеги мәселеде район ҳәкими орынбасарының баянаты тыңланды. Буннан соң Президент Мүрәжаатнамасының орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис депутаты Сенат ағзасы О.Атаниязова баянат қылды ҳәм Мүрәжаттың мазмун-мәнисин Қарақалпақстан Республикасында ҳәм районлар кесиминде орынланыўын түсиндирип берди. Буннан соң районлық кеңес депутатлары сөзге шығып, өзлериниң пикир усынысларын билдирди. Күн тәртибиндеги қаралған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.