Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Мүражаатнамасын халықка кең түсиндириў мақсетинде 1-сектордағы “Есим” МПЖ аймағындағы 26-санлы УОББ мектебинде ҳам 2-сектордағы “Қуралпа” АПЖ аймағындағы 21-санлы УОББ мектебинде “Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүньяқарас” идеясы шеңберинде “2021-жыл: Жаңа жеңислер, батыл қәдемлер” атамасында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти. Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары оқыў орынлары профессор оқытыўшылары, районлық сектор басшылары, район ҳәкимлиги қәнигелери, улыўма билим бериў мектеплери директорлары, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары қатнасты.
Skip to content