Бүгин райондағы 3-сектор аймағындағы «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ ҳәм 4-сектор аймағындағы «Қутлы мәкан» МПЖ да Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүражаатнамасын халықка кең түсиндириў үгит-нәсиятлаў иләжлары өткерилип, оларға усы аймақлардағы жасаўшы турғынлар қатнасты. Илаж даўамында исши топар ағзалары тәрепинен “Мүрәжаатнамада мәмлекет ҳәм жәмийет қурылыўы системасын беккемлеўдеги жаңа ўазыйпалар”, “Суд-ҳуқық системасын реформалаў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеўдиң әҳмийетли жөнелислери”, “Экономика базар механизмлерин ен жайдырыў – узақ мүддетли еркин өсиўдиң тийкары”, “Мүрәжаатнамада социаллық тараўды раўажландырыў барысында белгиленген ўазыйпалар”, “Ўатансүйиўшилик – инсаныйлықтың жоқары тымсалы” сыяқлы темаларда баянатлар қылынды. Сондай-ақ исши топарлар кесиминде әмелий оқыўлар шөлкемлестирилди. Илаж соңында слайд ҳам видеороликлер қатнасыўшылар нәзерине қойып берилди.
Skip to content