Райондағы мәкеме, кәрхана шөлкемлерде ислеўши хызметкерлер арасында 26-санлы мектептиң спорт майданшасында спорттың жеңил атлетика түрлеринен (армлистинг, граната ылақтырыў, ҳаўа мылтығынан оқ атыў, 100 метрге жуўырыў, турникке тартыныў) түрлеринен спорт жарысы болып өтти. Жарыста сортшылар өз-ара кескин беллесип, бул спорт түрлерине болған қызығыўшы лықларын сынақтан өткерди. Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет спорттың бул түрлерин кеңнен ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин беккемлеў ҳәм спорттың ғалабалығына ерисиўден ибарат. Өткерилген жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, район ҳәкимлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Спорт иләжлары усы ҳәптениң шемби, екшемби күнлери даўам етеди.
Skip to content