Өзбекстан Республикасы Ахборот технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте “One Million Uzbek Coders” таңлаўы шөлкемлестирилген еди. Усы таңлаўда Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 10 информатика пәни оқытыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен 4. 460 000 (төрт миллион төрт жүз алпыс мың сум) сум қаржылай сыйлықланды. Усы мүнәсибет пенен районы ҳәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов ҳәм районлық халық билимлендириў бөлими баслығы Д. Иззетуллаевлар жеңимпазларымыздың қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлап, район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықларын тапсырды.