2020-жыл 29-декабрь куни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасын аймақларда кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде «С.Камалов» АПЖ аймағындағы районлық ХББне қараслы 5-санлы УОББ мектебинде ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 13-санлы «Қаракөл» сайлаў округи депутаты З.Ережепова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими бас қәнигеси М.Палўаниязов,  Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламанти ағзасы Г.Сагатдиновалар қатнасты. Иләж даўамында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун-мәниси әҳмийети ҳәм де аймақты социаллық раўажландырыў бағдарында 2021-жылда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында кеӊ түсиниклер  берилди.