Қараөзек районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2020-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў дизимин түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында” ғы ПП-5718-санлы Пәрманында белгиленген ис-иләжларды әмелге асырыў бойынша бир қанша жумыслар алып барылды.
Бас Министр қабыллаўханасының жумысларын нәтийжели алып барыў мақсетинде қабыллаўхана тәрепинен исбилерменлер менен көшпели қабыллаўлар өткерип кестесине тийкар, райондағы аўыл пуқаралар ҳәмде мәкан пуқаралары жыйынларына барып орынларда исбилерменлер менен 30дан аслам көшпели қабыллаўлар өткерилди. Қабыллаўлар барысында исбилерменлерге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў дизимин түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы ПП-5718-санлы ҳәмде 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал инқироз ҳалатларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши нәўбеттеги ис-илажлары ҳаққында» ғы №5969-санлы пәрманларының мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийети ҳаққында тусиниклер берилип барылды.
Қабыллаўханаға 2020-жыл даўамында исбилерменлик субъектлери тәрепинен жәми болып 140 мүрәжат келип түсип, соннан 43 мүрәжат көшпели қабыллаўларда қабыл етилген болса, 26 мүрәжат исеним телефонлары арқалы, 1 мүрәжат “business gov.uz” порталы арқалы 70 мүрәжатлар болса тиккелей қабыллаўханаға келип түскен мүрәжатлар болып есапланады.
Көшпели қабыллаўларда келип тускен 35 мүрәжат қанаатландырылып, 8 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди. Исеним телефон арқалы келип түскен 10 мүрәжат қанаатландырылып, 16 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди, ал “business gov.uz” порталы арқалы келип түскен 1 мүрәжат қанаатландырылды, тиккелей қабыллаўханаға келип түскен 44 мүрәжат қанаатландырылып, 26 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.
Қабыллаўханаға келип түскен 140 мүрәжаттың 2 республика дәрежесинде, 41 ўалаят дәрежесинде, 97 и қала ҳәм районлар дәрежесиндеги мүрәжатлар болып, республика дәрежесиндеги 1 мүрәжат қанаатлантырылды, 1 мүрәжатқа ҳуқықый түсиник берилди, ўәлаят дәрежесиндеги 40 мүрәжаттың 19 қанаатландырылып, 21 мүрәжат бойынша ҳуқықый тусиник берилди, 97 қала ҳәм районлар дәрежесиндеги мүрәжатлардың 70 си қанаатландырылып, 27 не ҳуқықый түсиник берилди.
2020-жыл даўамында қабыллаўхана тәрепинен нызам талапларының бузылыўына жол қоймаслық ҳаққында “Шымбай дән” ЖШЖ не, “Халқабад пахта тазалаў” ЖШЖ не, “Түйемойын суў өткизгишинен пайдаланыў” басқармасы, АК “Агробанк” ҳәм АК “Халық банки” Қараөзек районы филиаллары ҳәм районлық мәмлекетлик салық инспекциясына усыныслар киритилди.
Өткен жыл даўамында 21 үгит-нәсият жумыслары алып барылып соннан “Еркин Қарақалпақстан”, “Қарақалпақстан жаслары”, “Вести Каракалпакстана” ҳәм де жергиликли “Мийнет байрағы” газеталарына мақалалар берилип, радиоға, телевидениеде шығыўлар болып, веб-сайтларға мағлыўмат берилди.
Қараөзек районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жанында дүзилген исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў дизимин түптен жетилистириў ис-ҳаққында” ғы ПП-5718-санлы Пәрманында белгиленген ис-иләжларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыўда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша Қарақалапақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жанындағы исбилерменлердиң жәмийетлик кеңесине 14 мәртебе усыныслар киритилди.
Соның менен қатар, қабыллаўхана исши топар ағзалары биргеликте район аймағында финанс хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған ҳәм ҳәрекетсиз турған кәрханалардың ийелери ҳәмде пайдаланылмай атырған бос турған объектлердиң ийелери менен ушырасып, машқалалары үйренилип имәратлардан нәтийжели пайдаланыў иләжлары көрилди.
Қабыллаўхана тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң, шет ел инвесторлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел қылыныўын тәмийинлеў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў бойынша жумысларды алып барыў даўам етпекте.
Қараөзек районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жетекши кәнийгеси: Ж.Камалов