“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик дәстүри додаданды.

Бүгин Қараөзек районы ҳәкимиятында мәжилис болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А. Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары М. Рахматуллаев, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңес депутатлары ҳәмде район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкеме ҳәм пуқаралар жыйынлары басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Күн тәртибинде  Ҳүрметли Президентимиз Ш.М. Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасынан келип шығып, “2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың 5 әҳмийетли бағдарламасы бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбарының мазмуны ҳәм әҳмийети додаланды. Мәжилисте райондағы бир қатар тараўдың басшылары сөзге шығып Мәмлекетлик дәстүр бойынша тоқтап өтти ҳәм өзлериниң пикир усынысларын билдирди.