Райондағы Мәденият АПЖ да ересеклер арасында спорттың «Волейбол» түринен спорт жарысы өткерилди. Жарысқа район аймағындағы барлық АПЖ, МПЖ, районлық Миллий гвардия бөлими, фермер хожалықларынан дүзилген командалар қатнасты. Бундағы тийкарғы мақсет ересеклер арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм оларды спортқа қызықтырыўдан ибарат. Жарыс даўамында спортшылар өз-ара кескин беллесип жеңимпазлар анықланды. Жарыс жуўмағында I-орынды Есимөзек АПЖ командасы, II-орынды Мәденият АПЖ фермерлер командасы, III-орынды А.Досназаров АПЖ командалары жеңип алып спортшылар медал ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Жарысқа район ҳәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов қатнасып, жарыс қатнасыўшыларын ҳәм шөлкемлестириўши фермерлерге, спортшыларға өз миннетдаршылығын билдирди.
Skip to content