ИС-ГАЗИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎ ҲӘМ ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎ ИЛАЖЫ ӨТКЕРИЛДИ.
Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен Қараөзек агроэкономика техникумында жаслар менен биргеликте ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды өткериўден мақсет, 2021-жыл «Жасларды қоллап қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылы мүнәсебети менен, жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм кәсипке бағдарлаў, кыс мәўсими даўамында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың, яғный, пуқаралардың ис-газинен зәҳәрлениўдиң ҳәм турақ жайларда келип шығыўы мүмкин болған өртлердиң алдын алыў, жылытыў үскенелеринен пайдаланылған ўақытта қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, айрықша жағдайлар ҳәм өртлер пайда болған ўақытта туўры ҳәрекет етиўге таярлаў болып табылады. Сондай-ақ, ушырасыўда жасларға өртлерди сапластырыў күш–қуралларының хызмет атқарыў ўазыйпалары түсиндирилди.