Өзбекстан жаслар аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси тәрепинен «Жаслар 1+1» жойбары шеңберинде «Аманияз мебель» ЖШЖ не бизнес саяхат шөлкемлестирилди. Оған райондағы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң исбилерменликке қызығыўшы оқыўшылары қатнасты ҳәм исбилерменниң жумыслары менен танысып кең түрде түсиниклерге ийе болды.