А.ДОСНАЗАРОВ АПЖ ДА БИР ШАҢАРАҚҚА ҚӘЎЕНДЕРЛИК КӨРСЕТИЛДИ.

Қараөзек районында 2020-жыл даўамында кем тәмийинленегн жәрдемге мүтәж шаңарақларға район ҳәкимлиги тәрепинен қыс мәўсиминде район бойынша 52 шаңарақтың ҳәр бирине 800 кг нан көмирлер бийпул тарқатылды. Быйылғы жылыда усындай илажлар даўам еттирилип, бир қатар хожалықларға қәўендерлер тәрепинен жәрдемлер берилмекте. Жақында Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги Қараөзек районы бөлими бас қәнигеси А. Елмуратовтың қәўендерлигинде райондағы А. Досназаров АПЖ да жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ О. Жолмановаға алты қалта көмир ҳәм азық-аўқатлық өнимлер жәрдем есабында берилди. Қәўендерлик илажлары районның басқада орынларда даўам етпекте.