ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатнамасын ҳәмде 2020-жыл 25-декабрь күни өткерилген «Жаслар форумы» нда билдирилген пикир ҳәм усыныслары жаслар арасында  кең түрде  үгит- нәсиятланбақта. Усы мүнәсебет пенен  Өзбекстан жаслар аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси ҳәм Халық банк Қараөзек районлық филиалы хызметкерлери менен биргеликте жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўда оқыўшы жасларға тараў басшылары, банк тәрепинен берилетуғын кредит түрелери олардың пайызлары бойынша түсиниклер берип өтти. Усындай ушырасыў райондағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де  болып, оған «Тербенбес» ЖШЖ баслығы А. Палўанов ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда жас исбилермен  А. Палўанов исбилерменлик жумысларын басламақшы болған оқыўшылар менен кеңнен пикир алысып, олардың алдағы режелери менен танысты ҳәм жасларға кең түрде түсиниклер берди.