Қараөзек районындағы 18-санлы мектептиң «Биология» пәни муғәллими З.Нурбекова «Витаминлер» темасында ашық сабақ өтти. Оған мектептиң 8-класс оқыўшылары қатнасты. Ашық сабақта инсан организми ушын ең зәрүр болған мийўе өнимлериндеги витаминлердиң пайдасы сабақ барысында оқыўшыларға электрон доскалардан пайдаланған ҳалда түсиник берип өтти. Ашық сабақ оқыўшылардың сораўлары менен даўам етип, оған қатнасқан оқытыўшылар өз-ара тәжирийбелер алмасты.