МЕКТЕПЛЕРДИҢ ҚЫС МӘЎСИМИНДЕГИ ЖУМЫСЛАРЫ КӨЗДЕН ӨТКЕРИЛДИ.

Қараөзек районлық ХБ бөлимине қараслы мектеплердиң қыс айларындағы жумыслары районлық айрықша жағдайлар бөлими, районлық ХББ хызметерлери менен биргеликте алып барылды. Райондағы “Есимөзек” АПЖ орайындағы 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 2020-2021 жыллары гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў, мектеп имаратларындағы жылытыў қазанларының қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң түрде әмел етиў кереклиги бойынша көргизбели илаж өткерилди. Илажда оқыў имаратларының саз ҳалатта екенлиги ҳәм де сыртқы жылытыў тармақларының жыллылық сақлаўшы материаллар (изоляция) менен қапланғанлығын, көмир жанылғысының сыпатлы сақланыўы козден өткерилди. Сондай-ақ мәўсимлик от жағарларға билимлендириў мәкемелеринде өрт ҳәм басқада унамсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.