ҚУРАЛПА АПЖ ДА “ИСБИЛЕРМЕН ЕЛДИҢ СҮЙЕНШИ” АТАМАСЫНДА УШЫРЫСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ.

Бүгин райондағы “Қуралпа” АПЖ да район прокурорының басламасы менен ушырасыў болып өтти. Оған райондағы төрт сектор басшылары тийисли мәкеме, шөлкем басшылары менен аймақтағы жәмлеспеген жаслар қатнасты. Ушырысыўда район ҳәкими У.Утамбетов, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы Тахтакөпир районы бөлимшеси баслығы Х. Маматов, район Прокуроры Н. Джоламанов ҳәм Жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы У. Хожамуратовлар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий мәжилиске мүрәжатнамасы ҳәм 2020-жыл 25-декабрь күнги “Жаслар форумын” да билдирилген пикир усыныслары, исбилермен жасларға берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Сондай-ақ усы күни өз исбилерменлигин басламақшы болып жүрген жасларға, видеослайдлар жәрдеминде бизнес режелер таныстырылып өтилди.  Ушырасыў соңында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли тараў басшыларынан жуўаплар алды. Ушырасыў Қарақалпақстан Респуликасы Мәденият тараўы қосықшыларының йошы концерт бағдарламалары менен даўам етти.