ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЧЕМПИОНАТЫ БОЛЫП ӨТТИ.
Усы жылдың 28-29-январь күнлери Қараөзек районында спорттың “Ўзбек жанг саньати”түри бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти. Жарысқа Нөкис қаласы,Тахтакөпир, Нөкис, Амударья ҳәмде Қараөзек районларынан 150 ден аслам жас спортшылар қатнасты. Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында командалық есапта I-орынды Қараөзек районы, II-орынды Нөкис қаласы ҳәм III-орынды Тахтакөпир районы спортшылары жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.