O’zLiDeP Қараөзек районлық Кеңеси тәрепинен “Депутатлар ҳәм исбилерменлер менен пикирлесиў” форумы болып өтти. Онда партияның районлық Кеңеси хызметкерлери, районлық Кеңес депутатлары, Қараөзек районы ҳәкимлиги, районлық Әдиллик бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы ўәкиллери, Қараөзек районы мәмлекетлик хызметлер орайы, коммерциялық банктен ўәкиллер, исбилерменлер менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илажда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған, исбилерменлик жумысы еркинлигин шеклеп атырған бир қатар машқалаларды турақлы тәризде системалы үйренип барыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан сайланған депутатлардың анық позициясын қәлиплестириўге хызмет етиўши әмелий усыныс ҳәм басламаларды ислеп шығыў, сондай-ақ коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын асырыўдың баслы дереги болған, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былайда раўажландырыў бойынша орынларда топланып қалған машқалаларды үйренип, оларды сол жердиң өзинде шешиў илажларын көриў бойынша мәселелер сөз етилди ҳәм исбилерменлердиң мүрәжатлары да тыңланды. Айрым мүрәжатлар сол жердиң өзинде тийисли шөлкемлер менен сапластырылған болса, айрымлары тийисли шөлкемлерге депутатлық сораўнамалар жибериў арқалы үйренип шығыў ҳәм қадағалаўға алыныўға келисип алынды. Сондай-ақ форум даўамында исбилерменликти енди басламақшы болған ҳаял-кызлар ҳәм жаслар, исбилерменлик субъекти ўәкиллери өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.