Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен бирге ислесиўши ўәкилликли мекемелердиң жуўаплы хызметкерлери менен дөңгелек стол атырапында мәжлис өткерилди. Өткерилген мәжилисте 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм жәнеде 2021-жыл 1-ярым жыллығында әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар додаланып шығылды. Мәжлис қатнасыўшылары күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң усыныс ҳәм пикирлерин айтып өтти. Жыйналыс барысында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде ушрасып атырған машқалаларды сапластырыўға усыныслар берилди. Сондай-ақ мәжлис қатнасыўшыларын орайға келип түскен мүрәжатлардың мүддутлерин кешиктириў ҳәм тийкарсыз қайтарылған жуўапларының берилиў жағдайлар ушрасса, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодекстиң 215-5-статьясына тийкар жариймалар қолланылатуғынлығы ҳәм келип түскен мүрәжатлар бойынша қәте-кемшиликлерге жол қоймаў белгиленген регламент талапларына әмел етиў бойынша ескертилди.
Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси А.Маханов
