“НУРЛАН” АЎЫЛЫНЫҢ ЖОЛЫ ОҢЛАНБАҚТА.

Райондағы «Бердақ» АПЖ аймағындағы “Нурлан” аўылы менен  сол аймақтағы 7-санлы мектептиң аралығы 1 км ди қурап, аўыл балаларының қыс айларында мектепке қатнаўы бираз қыйыншылықлар пайда етер еди. Усы машқаланы район ҳәкими үйренип шығып, район ҳәкимлиги, «БЕРДАҚ» АПЖ ҳәм сол аймақтағы фермер хожалықларының қәўендерлигинде жолға оңлаў ислери жүргизилмекте. Ҳәзир аўылдың жол қурлысына, районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм фермер хожалықларынан дүзилген транспортлар қатнастырылмақта. Сондай-ақ район орайында жайласқан еки МПЖ ның жолын байланыстырыўшы пиядалар көпирине оңлаў ислери жүргизилип атыр. Усы орында мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, өткен 2020-жылдың Ноябрь айынан 2021-жылдың бүгинги күнине шекем район бойынша 23 көшеге, 5 көпирге қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды. Бул ислер район ҳәкимлиги тәрепинен  жыл даўамында ислениўи нәзерде тутылған.