«ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР» ДӘПТЕРИНДЕГИ ШАҢАРАҚЛАРҒА ҮГИТ-НӘСИЯТ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ.

Халық депутатлары Қараѳзек районлық Кеңесинин 15-санлы «Бердақ» сайлаў округинен депутат С.Сайымова  «Мәденият» АПЖ аймағында  үйме-үй   үйрениўлер барысында «Ҳаял-қызлар» дәптерине  дизимге алынған ҳаял-қызлардың жасаў шәраятлары менен жақыннан танысып,  олардың усыныс ҳәм машқалалары үйренилди. Үйрениўлер дәўиринде жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде кәсип –ѳнерге бағдарлаў, қолында бар ѳнерин жүзеге шығарыў  ямаса қызығыўшылығын оятыў ҳәм жумыс басламақшы болған ҳал-қызларға жаңадан жумыс баслаўы ушын бизнес режелер таныстырылды. Бул бойынша район кѳлеминде де дыққатқа  ылайық жумыслар алып барылып атырғанлығы  атап ѳтилди. Сондай-ақ ѳзин –ѳзи бәнт етиў ҳәм  шаңарағына дәрамат киритиў ушын жеңиллетилген кредитлер есабынан қара мал, қой ешки, алып сақлаў мүмкиншиликлери ҳәм уқыбы   бар,  ҳаял-қызларға   түсиниклер  берилди.