ОЛИЙ МАЖЛИС СЕНАТ АҒЗАСЫ ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫНДА БОЛДЫ.

Бүгин  Олий Мажлис Сенат ағзасы, Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б. Матмуратов Қараөзек районында болып, халықтың турмыс дəрежесин жақсылаў, «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар» дәптериндеги шаңарақларды кəмбағаллықтан шығарыў ҳәм бəнтлигин тəмийинлеў, исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларын сапластырыў барысында сектор басшылары, районлық «Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери тəрепинен əмелге асырылған жумыслар менен танысты. Сондай-ақ райондағы ири инвестициялық жойбарлар менен ең алыста жайласқан «Қойбақ» ҳәм «Қараөзек» АПЖ аймағының турмыс жағдайын жақысылаў ҳәм аймақтағы абаданластырыў жумысларын көзден өткерип, пуқаралар менен ушырасты.Үйрениў барысында оларды қыйнап атырған машқалалардың шешими бойынша түсиниклер берип, усыныс пикирлерин тыңлады.