РАЙОН ҲӘКИМИ «АК С. КАМАЛОВ» АПЖ ЖАСЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ.
Бүгин Қараөзек районы Ак С.Камалов АПЖ да «Ҳәким ҳәм жаслар » атамасында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўға район ҳәкими У.Утамбетов, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы У.Хожамуратов ҳәмде райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары қатнасты. Ушырасыўда район ҳәкими жаслар менен сәўбетлесип, олардың пикир усынысларын тыңлады ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға, олардың машқалаларының унамлы шешим табыўына таяр екенлигин айтып өтти. Ушырасыў даўамында жаслар өзлериниң пикир усынысларын билдирди. Усы аймақта жасаўшы жаслардан Илаўов Батырбай, Жалиев Дастанбеклер фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын, 2 гектар баў-бақша өнимлерин егиў ушын егислик жер сорап мүражат етип, өзлериниң бизнес режелерин таныстырды ҳәм бул бойынша район ҳәқими тийисли тараў басшылар менен мүражатын үйренип шығып, сол жердиң өзинде мүражатлары унамлы шешимин тапты. Буннан басқада өзиниң исбилерменлигин басламақшы болған 2 жасқа жеңиллетилген банк кредитлерин ажыратып бериў бойынша тапсырмалар берилди. Соның менен бир қатарда исбилерменликке қызығыўшылығы бар жасларға «Жаслар 1+1» жойбары шеңберинде қәнигелер тәрепинен семинарлар өткерилди, буннан соң районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.