Усы жылдың 2-февраль күни Америка Қурама Штатларының Халық аралық раўажландырыў агентлиги( USAID) директоры ўазыйпасын атқарыўшы Ребекка Блэк басшылығында усы агентликтиң билимлендириў бойынша бас қәнигеси Лиза Лихайли, жойбар бойынша қәнигеси Шахзода Алиханова ҳәм экономикалық раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша офис директоры Скотт Хэдландлар районымызға болды. Мийманлар дәслеп район ҳәкиминиң қабыллаўында болып, район халқының ишимлик суўға болған талабын үйренип шығып, алыс аймақлардағы суў жетип бармайтуғын орынларға жаңадан технологияларды енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мийманлар сапары даўамында райондағы «А. Досназаров» АПЖ дағы «Шаңарақ поликлиникасы» ҳәм «Панаев фармс» шарўа хожалықларында болып, олардың жумыслары ҳәм машқалалары менен танысты. Буннан соң «Қойбақ» АПЖ аймағында жайласқан 3-санлы мектепте болып, оқыў процесси, оқыўшыларға жаратылған шараятлар ҳәм ишимлик суў менен тәмийинлениў жағдайлары менен танысып, мектеп оқыўшылар менен инглис тилинде сәўбетлести ҳәмде мектепте шет тилиниң оқытылыўына баҳа берди.