Район көлеминде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе «Ҳаял-қызлар дәптери»не киритилген жумыссыз ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм исбилерменликке тартыў, бәнтлигин тәмийинлеўде аймақларда ушырасыўлар, үйрениўлер шөлкемлестирилмекте. Усы мақсетте райондағы 28-санлы мектепте район ҳәкимлиги, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, халық депутатлары районлық кеңес секретариаты, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы районлық кеңеси биргеликте ҳаял-қызлар арасында өнерментшиликти үгит-нәсиятлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнер үйрениўге бағдарланған семинар шөлкемлестирилди. Семинарға «Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими қәнигелери, өнерментлер, районлық бәнтликке көмеклесиў, салық инспекциясы, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан ўәкиллер, исбилерменлер, оқыў орынларынан кәсипке бағдарлаўшы оқытыўшы ҳәм устазлар, аймақлардан жумыссыз ҳаял-қызлар мирәт етилип, миллий өнерментшиликти раўажландырыў ҳәм жеке исбилерменликти жолға қойыўда бирлеспениң имканиятлары атап өтилди. Сораў-жуўап тәризинде кең түрде өткен семинарда ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.Сондай-ақ семинар даўамында райондағы исбилермен, өнермент қызлар ҳәм билимлендириў мәкемелериниң қол өнери бойынша үлгилери көргизбеси шөлкемлестирилип, 28-санлы мектепте Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы районлық кеңеси ҳәм мектеп жәмәәти басламасы менен миллий өнерментшилик бойынша оқыў курсы шөлкемлестирилди. Оқыў курсына жеке исбилермен, «Өнермент» бирлеспеси ағзасы Р.Тореева бекитилип, курстың ашылыў мәресими және дәслепки сабақ мастер класс усылында тәжрийбели өнерментлер тәрепинен өткерилди.
Skip to content