«ӨЗЛИДЕП ФЕРМЕРЛЕРГЕ КӨМЕКШИ» АТАМАСЫНДА СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Бүгин райондағы Агроэкономика техникумында «ӨзЛиДеП фермерлерге көмекши» атамасында семинар шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкими У.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш. Өтемисов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы фермерлер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы Қ. Нурымбетов ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты. Семинарда тараў ўәкиллери фермерлердиң егислик жерлерден үнемли пайдаланыўы, тамшылатып суўғарыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бағдары бойынша слайдлар арқалы презентациялар өтти. Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған тараўлары бойынша тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.