РАЙОН ҲӘКИМИ «БЕРДАҚ» АПЖ ПУҚАРАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ.
Бүгин район ҳәкими «Бердақ» АПЖ да жасаўшы пуқаралар ҳәм жаслар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўға район ҳәкими, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан ҳәмде райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары қатнасты. Ушырасыўда дәслеп жаслар менен сәўбетлесиў өткерилип, олардың пикир усыныслары тыңлады. Ушырасыўда район ҳәкими 2021-жылда жасларға берилип атырған имканиятлар ҳаққында сөз етти. Буннан соң келешек әўлад ўәкиллери өзлерин қызықтырған машқала ҳәм усыныслары бойынша район ҳәкимине мүражат етти. Олардың айырым машқалаларына сол жердиң өзинде жуўап қайтарылып, ўақыт талап ететуғын машқалалары тийисли тәртипте көрип шығылып, тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Буннан соң аўыл жас үлкенлериниң мүражатлары тыңланып, көпшилиги жол, электр энергиясы ҳәм тәбиий газ мәселелери бойынша машқалаларын билдирди. Билдирилген мүражатлардың көпшилиги сол жердиң өзинде шешим тапты, айырымлары тийисли мәкемелер тәрепинен көрип шығылып, тез күн ишинде шешилетуғынлығы айтып өтилди.