«ЖҮЗИЎ СПОРТ САРАЙЫНДА» СПОРТТЫҢ ЖҮЗИЎ ТҮРИНЕН ЖАРЫС ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.
Райондағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине қараслы «Жүзиў спорт сарайында » 2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» на арналып, « Спортқа мехир қой, спорт пенен жаса» сүрени астында спорттың жүзиў түринен Қараөзек районы БӨСМ бириншилиги болып өтти. Оған 2008-2009 жылы ҳәм оннан киши жастағы жас өспирим кыз-баллар қатнасты. Кейинги жылларда спорттың бул түри районда кеңнен ен жайып, жасларымыз жүзиў түринен республикалық жарысларды сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Өткерилген жарыста сортшыларымыз өз-ара кескин беллесип, тартысларға бай болды. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.