СЕКТОР БАСШЫЛАРЫ А.ДОСНАЗАРОВ АПЖ ДА БОЛДЫ.

Бүгин райондағы “А. Досназаров” АПЖ да екинши сектор басшылары менен жаслар ушырасыўы болып өтти. Оған райондағы сектор басшылары тийисли мәкеме, шөлкем басшылары менен аймақтағы жәмлеспеген жаслар қатнасты. Ушырысыўда район Прокурорының орынбасары С. Исмайлов,  Жаслар  ислери агентлиги Қараөзек районлық бөлими баслығы Ж.  Узақбаевлар  шығып сөйлеп, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Сондай-ақ усы күни өз исбилерменлигин басламақшы болып жүрген жасларға, тийисли тараў басшылары тәрепинен бизнес режелер таныстырып өтилди.   Ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли тараў басшыларынан жуўаплар алды. Буннан соң, қатнасыўшылар Республикамызға белгили эстрада жулдызларының йошы концерт бағдарламаларын тамаша етти.