ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Б. Алдамуратов Қараөзек районы 1-санлы мектепте өз сайлаўшылары менен ушырасты. Бул ушырасыўға райондағы тийисли тараў ўәкиллери, районлық Кеӊес депутатлары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда Б. Алдамуратов сөзге шығып, мәмлекетимизде алып барылып атырған кеӊ көлемли жаӊаланыўлар, халқымыздыӊ жасаў жағдайларын еледе жақсылаў бағдарында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша кеӊ түрде түсиниклер берилди ҳәм Президентимиздиӊ Олий Мажлиске жоллаған мүражатындағы әҳмийетли ўазыйпаларына тоқтап өтти.
Буннан соң пуқаралардың машқалалары ҳәм усыныс пикирлери тыӊланып, аймақтағы машқалалар бойынша тийисли тараў ўәкиллери жуўап берди. Район аймағында шешилмейтуғын мәселелерди депутат Б. Алдамуратов үйренип шығып, унамлы шешимин табыўға жәрдем беретуғынлығын айтып өтти.