РАЙОНДА ЖАСЛАР БАҒЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.

Бүгин Қараөзек районы Мәмлекетлик тоғай хожалығы жер майданынан “Жаслар бағын”  шөлкемлестириў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының орынбасары С. Хожаметов, район ҳәкими У. Утамбетов сектор басшылары,  фермерлер менен тийисли тараў хызметкерлери қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер районда бағшылық хожалықларын көбейтиў әсиресе интенсив бағ жаратыў, нәллерди егиў усыллары  ҳәм агротехникасы бойынша кәнигелер түсиник берип өтти. Сондай-ақ  ғәлле егилген майданларға өз ўақтында агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериў кешиктирип болмайтуғын жумыслардың бири екенлиги атап өтилди. Районда бүгинги күнге 31гектар жер майданға мийўели интенсив бағ жаратыў ҳәм 300 га майданға жүзим егиў режелестирилген.